⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТЕРМИНОЛОГИЯЛЫҚ

Қарақалпақша

кел. Терминологияға қатнаслы, терминологияға тән. 0 Терминологиялық сөзлик — белгили бир тилдеги илим хәм техникаға байланыслы бир мәнили сөзлер. Жәмийетимиздиң раўажланыўындағы әҳмийетли ролине байланыслы көплеген изертлеўлер алып барылды, бир қанша терминологиялық, аўдарма, этимологиялық, түсиндирме сөзликлер, энңиклопедиялар дүнья жүзин көрди (М.Элмуродов). Терминологиялық орай — терминлер, атамалар хәм т.б. тиллик мәселелерде жумыс алып барыўшы орай. Жоқарғы Кеңес Президиўмының арнаўлы қарары тийкарында терминологиялық орайдың дүзилгенлиги, Шымбай районында қарақалпақ әдебиятының ири ўәкиллери болған Күнхожа хәм Бердақ шайырлардың хүрметине мақбара ҳәм музейдиң қурып питкерилгенлигин айрықша атап өтиўимиз тийис (Д.Абибуллаев).