ТЕРМИНАЛ
Қарақалпақша
ат. 1. тех.
Есаплаў системасы қурамына кириўши, хабарларды системаға киритиў ҳәм оннан шығарып алыў ушын мөлшерленген сыртқы қурылма (компьютерде ислегенде, монитор, тышқанша, клавиатура ҳәм т.б.
терминал есапланады).
2. Порттың (хаўа яки теңиз портының) контейнерли ҳәм дәстеленген жүклерди сақлаў ҳәм қайта ислеўге мөлшерленген бөлеги.
3. Улыўма, үлкен муғдардағы жүклер, буйымлар ўақтынша, мәўсимлик сақтанатуғын склад.
4. Пластик карточкалар жәрдеминде ислейтуғын, хәр қыйлы есап-санақ ҳәм төлемлерди әмелге асырыў ушын хызмет ететуғын электрон қурылма.
Өзимниң пулымды терминалыңнан алып, пластигиме салып бересең! (М.Нызанов).