ТЕРИСКЕН
Қарақалпақша
ат. 1. Адамға сўық тииўи, қанның өзгериўинен денеде сыздаўық сияқты пайда болатын кишкене исик, бөртик.
2. Шөлди жерлерде өсетин, тикенди, тамырын қыста отын үшин пайдаланатын өсимлик.
Терискен мал шарўашылығы үшин әҳмиятты өсимлик, оның бииктиги 50-100 см.ге шекем жетеди, ярым буталы болып келеди.
Көп жылға дейин өсе береди (КДС).