ТЕРГЕЎ
Қарақалпақша
ф. Тексериў, сураў, барластырыў, себебин ашыў.
Жынаятшылар усталып, тергеў алынғаннан кейин ғана Қылышевтың өлиў себеби, оның жағдайлары толық анықланды (А.Бекимбетов).
0 Тергеў ҳәрекетлери — жынайый ҳәрекетлерди ашыў үшин дәлеллер топлаў мақсатында жүргизилетин ҳәрекетлер.
Тергеўге алыў — жынайый ҳәрекетлери үшин сураў- жуўап истеў.
Қалада үйге киргизбестен устап алып, оңаша үйге апарын тергеўге алды (Д.Әбилев).
Тергеў изоляторы — күманданыўшылар менен айыпланыўшыларды ўақытша қамаққа устап туратын арнаўлы мекеме.
Тергеў орны — тергеў ҳәрекетин жүргизетин мекеме.