⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТЕРБЕЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Шайқаў, қозғаў. Бағларда шешек атқан дарақлардың шақаларын елпип ескен самал тербеп тур (Ж.Аймурзаев). 2. аўыс. Айрықша тәсир етиў, сезимге салыў, тебирендириў. Сырнайдан шыққан жағымлы нама, мәўиж урган ҳәўижли сес, биреўлердин жүреклерин елжиретип, кеўиллерин тербеп, ҳаўага сиңип атыр (Ө.Хожаниязов). 0 Қәлем тербеў — қағаз бетине жазыў, дөретиўшилик пенен шуғылланыў. Ҳадал мухаббат, гиршиксиз кеўил, минсиз сулыўлык шайыр қәлемин тербейди (С.Мәўленов).