ТЕПКИ I
Қарақалпақша
ат. 1. Аяқ пенен урыў, аяқ астына алып тебиў, қағыў.
Сонда Айдос сөйледи, Тынлаўға болмас сөзинди, Тепкиге алып-бир-бирлеп, жулайынба шашынды (Бердақ).
2. Азап, қорлық, дәкки.
Қашанға шекем мийнеткеш халық байлардың, бийлердиң, молла-ийшанлардың тепкисинде жасайды (Қ.Ирманов).
0 Тепки жеў — азапланыў.
Дүньядан, турмыстан усыншама тепки жеген кисиниң кеўли қалмағанда, кимниң кеўли қалады (С.Муқанов).
Тепкиниң астына алыў — барынша тебиў, аямай урыў.
Шашынан сүйреп шық.
Ал тепкиниң астына (И.Есенберлин).
ат. Гейбир қайўанлардың аяғында болатуғын мүйизге уқсас дене ағзасы.