ТЕЛМИРИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Тиғилиў, көз алмай дәмеленип қараў, қайғылана күтиў.
Есик бетке телмирип қарап отыр (К.Султанов).
Келиншек гүўалардың бетине телмирип қарап, өзине керекли сөзди күтип турып қалды (Ө.Айжанов).
Өзиниң даўасыз дәртке жолыққанын билгеннен кейин ҳәмме нәрсеге көзлери тоймай телмирип қарай беретуғын әдетти шығарды (М.Нызанов).
2. Ынтығыў, жутыныў.