ТЕЛЕГРАФ
Қарақалпақша
ат. 1. Узақ жерлерге телеграмма, радиотелеграмма түринде асығыс хабар жибериў ушын электр хәм радио байланысының бир түри хәм оның әсбабы, қуралы.
Баланың әкеси Эдисонға миннетдаршылық ретинде телеграф машинасын басқарыўды үйретеди (А.Дабылов).
Почта - телеграф жөнелтпелери мәмлекетлик тилде ямаса пуқаралардың тилеги бойынша басқа тилде әмелге асырылады («Мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам»).
2. Усындай хабарларды жиберетуғын хәм қабыллайтуғын байланыс мәкемеси ҳәм оның жайы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги 1954-жылы бурынғы Өзбекстан телеграф агентлиги ӨзТАГтиң Қарақалпақстан бөлими сыпатында жумыс баслаған (С.Есемуратова).