⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТЕКШЕ

Қарақалпақша

ат. 1. Өжирениң ишки қабырғасында кесе, шәйнек т.б. сондай затларды қою үшин иеленген орын. Артындағы текшеден бир тахтайды Сейтжанға өперип: — Кел, мында, сабақ үйретейин, — деди (Ә.Шамуратов). 2. Ылайдан, тастан, топырақтан ҳәм басқа да затлардан бииклетип салынған басқалдақлар. Каналдың еки жағындағы ырашты қайтарып, еки-үш адам қатар жүретиндей текше жасап қойыпты (Н.Дәуқараев). Сол бәленттиктен ултанға қарай цемент пенен қуйылған сыпқанақ текше бар екен (М.Нызанов). Бахтыма онлаған саяхатшы топарласып, текшеден төмен түсе бастады (М.Нызанов). 3. Вагонда отырыў ҳәм жатыў үшин тахтайдан арналып иеленген орын.