⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТЕКСТ

Қарақалпақша

ат. Қандай болмасын жазылған, көширилген яки баспада басылған дәретушилик мийнет, әдебий шығарма, хүжжет ямса оның бир бөлими, үзиндиси. Ол дәрхал орнына отыра сала телеграмманың текстин жазды (А.Бекимбетов). Оның мәсләҳәти бойынша сөйлейтин сөзимниң текстин кисеме салып мен де бардым (Ө.Айжанов). Бир ай бурын олардың конференцияда сөйлейтин сөзлериниң текстлери басылған китаптар адрестерине жиберилди (М.Нызанов). Әнжуманға қатынаса алмайтын айырым алымдардың адресине айтылған текстлерди алып тастап, оны издеги сөзлер менен байланыстырыў зәрүр болды (М.Нызанов).