⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТЕК III

Қарақалпақша

к.с. Дәслепки жай гәптен андатылған ис-ҳәрекет ўақыяға соңғы жай гәпти қарама-қарсы мәниде қойыўда (дәнекер), өзи қатнаслы сөзлерди басқа сөзлерден айырымлап, шеклеп көрсетиўде (жанапай) қолланылатуғын көмекши сөз. Апа, ҳәзир мениң қуўаныштан қус болып ушқым келеди, тек қанатым жоқ-дә (Ө.Хожаниязов). Орынлаў унамлы нәтийжеге алып келетуғын болса орынланады, кери жағдайда оны тек қағаз көтереди (М.Нызанов). Бул үйде «қудайы қонақ»тың мәнисин тек кемпир екеўимиз билемиз (М.Нызанов).