⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТЕК I

Қарақалпақша

ат. Арғы түби, шыққан жери, шығысы, нәсили, туқымы. Жақсыда кек болмайды, жаманда тек болмайды (ққ.х.н.). 0 Ата теги — арғы атасы, заты, сүйеги. Биреў менен жолдас болсаң, Ата тегин билгейсиз (Бердақ). Биз қыздың ата-тегин, кәспи-кәрин сорастырып болып келип отырмыз (М.Нызанов). Теги жаман — ата-бабасы, туўысы төмен. Теги жаман адам. Тегине тартыў — ата-бабасына уқсаў, негизине тартыў.