ТЕЗЕК
Қарақалпақша
ат. Отын орнына пайдаланатуғын малдың кепкен қыйы, дәриси.
Тере берсең тезек те қызық (ққ.х.н.).
Тең теңи менен, тезек қабы менен (ққ.х.н.).
Ийнинде тезек салатуғын қабы болғаны ушын екеўи де танымады (Т.Қайыпбергенов).
0 Тезек териў — тезек жыйнаў.
Бенде болып қалмақлардың қолында, Жети жыл көшеде тезек териппен («Мәспатша»).
Сондықтан ғәдейлер ҳүкиметин қулатып, есигинде сени тезек тергизип, маған от жаққыражақ (К.Султанов).