⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТАҢ I

Қарақалпақша

ат. Күн шығар алдындағы мезгил, ўақыт. Сүмбиле туўса суў суўыйды, Тәрези туўса таң суўыйды (ққ.х.н). Ҳәр бир атқан жаңа таңнан өмирге жақгылық күтип, ҳәр күнги таң қуяшына жақсы үмит артатуғын халықты, бәқәрдиң дәслепки белгилери-ақ шексиз куўандырды (Т.Қайыпбергенов). Усыларды уўайымлаў менен таңды дерлик уйқысыз атқардым (М.Нызанов). 0 Таң атыў — а) түнниң питиўи, күнниң шыға баслаўы. Шөлден және тили аўзына сыймай, бир сексэўилдиң астын қолы менен тырнап, ызғарға баўырын басып жатып, неше күн уйқылағаны биймәлим, оянса, таң атып, қапталындағы жолдан онлаған ешекке жүк артып баратырған дузшыларды көрди де, излеринен бақырып жуўырды (Т.Қайыпбергенов). Ақбийдайдың келгенинен пүткил аўыл хабарланып, таң атыў менен аўыл арасындағы дийқанлардың шадлы қосығы жаңлады (Т.Қайыпбергенов). Бир уйқыласа таң атады, мениң он-он бес долларым ҳеш кимниң ишине теппес (М.Нызанов). б) қыйыншылықтан қутылыў, талабы келисиў. Бизин де таңымыз атып қолымызға қус қонар деп тәселле берди (Т.Қайыпбергенов). Таң атырмаў — қыйнаў, азаплаў. Таң саз бериў — таң ата баслаў. Таң қараңғысы, таң сәқәр — таң атыўға бейимленген ўақыт. Таң асыў — емлениў мақсети менен пиядалап узақ жол жүрип келип, ас-суў ишпей түн бойы жатып уйыклаў, тынығыў. Таң намаз — таң атқаннан куяш шыққанға дейин оқылатуғын таңғы намаз. Әдеўирден соң, таң намазының азанын еситип, шапшып түргелди (Т.Қайыпбергенов).