ТАҚЫРЛАЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Ҳеш нәрсе қалдырмаў, тып-тыйпыл етиў, жоқ етиў.
Байланған маллар алдын жылан жалағандай етип тақырлап жеп болған (К.Султанов).
Берсе телеғи тақырлап қалатуғындай, дүнья-малынан айырылатуғындай көринеди (А.Бекимбетов).
Арқан бойлы жерди тақырлап жеп болыпты, (газеттен).
2. Ойлы-бәлентли, гедир-будырлы жерди қатайтыў, тегислеў.