ТАҚЫМ
Қарақалпақша
ат. Дизениң бүгилетуғын жағы.
Атқа минген кисиниң айға тақымы толмас (ққ.х.н.).
Ер үстинде зорға отыр, Қатты қысып тақымын («Қырқ қыз»).
Көптен бери атқа минбегенликтен шығар, еки тақымым езилип, үйге шаршап келдим (Ө.Хожаниязов).
0 Тақым бураў — қыйнаўдың, азаплаўдың бир түри.
Тили гүрмелгенлердиң гә кулағын таўлап, гә тақым бураў салып қәлегенше азаплады (Т.Қайыпбергенов).