ТАҚЫЛЕТТЕ
Қарақалпақша
к.с. Сыяқды, тәризли, қәлипте, сыпатта.
Күни менен усы тақылетте турып шықты (ққ.х.е.).
Кәл бала бир тақылетте бурынғы орында еле зиңкийип турыпты (ққ.х.е.).
Оның есимде қалғаны, жол шетинде бийик электр бағанасы болып, басында прожектор тақылеттеги үлкен лампа жанып тур еди (М.Нызанов).
Лекин, қутлықлаў ҳәзил тақылетинде болсын (М.Нызанов).