ТАҚЫЎ
Қарақалпақша
ф. Бир нәрсени қадаў, илиў.
Тағыў фейилиниң буйрық мейил формасы.
Айып тағыў — айыпкер деп қараў.
Ат қойып айдар тағыў — атын қойыў.
Ат тағыў — лақап ат қойыў, атаў.
Маған ол шайыр бала деп ат тағып үйинен шығармайтуғын еди (М.Нызанов).
Сын тағыў — кемшилигин көрсетиў, жетиспейтуғын жерин айтыў.
Сыртымнан сырын билмей сын тақпа тек, Жақсы де, жаман дей бер, өзиме аян (А.Лекеров).