ТАҚАТ
Қарақалпақша
ат. Шыдам, сабыр, төзим.
Мүбәрек жамалын және көрсем деп, Тақатым қалмады көргеннен бери (Әжинияз).
Күтти, күтти, шыдамады тақаты (Х.Сейтов).
0 Тақаты болмаў — шыдамы болмаў, шыдамаў.
Ақыллас сырласым әй гөззал ярым! Сени көрмегенше тақатым болмас (Х.Сейтов).
Тақат етиў — шыдам бериў, шыдаў.
Тақат етип тура алмадым.
Кисенди үзип бара алмадым (Бердақ).
Шайық ҳеш жерде турып, я отырып тақат ете алмай, аўылдың арқасындағы кең жазықлыққа шығып дем алыўға ҳәм жекке жүрип жол қараўға кетип баратырып Аманлықтың үйиниң үстинен өтти (Т.Қайыпбергенов).
Тақаты қалмаў — шыдамы болмаў, шыдамаў.
Байда енди тақат қалмады (Ш.Сейтов).