⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТАҚАН

Қарақалпақша

ат. Қуўырылған тары жүўери, арпаның ҳәм тағы басқаларды келиге түйип ямаса дигирманға тартып иеленген азық-аўқат. Шарбақшы жол азыққа тақан таярлапты (Т.Қайыпбергенов). Уялмағыл беррегирек кел, Куры шықпа, тақаннан же (Бердақ). 0 Жийде тақан — жийде қосылып иеленген тақан. Жийде тақан менен қура тақанды қосып, сүтке былғап иштейимди ашқан (Ж.Аймурзаев). Тақан шайысыў — қатнасты барыс-келисти қойыў, татыўлықты үзиў, ашшыласыў ... «Устазлары менен тақан майысқан» молла бәшшелер соңында Палўанның өз илимин өзи қорлап, илимниң жолына түспей саҳрайы қара пуқараның бири болып алғанын көрип оған түнилиўшилик пенен қарайтуғын болды (У.Ҳамийдов).