⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТАҒЫЎ

Қарақалпақша

ф. Кийимге ямаса басқа затқа бир нәрсени илиў, жапсырыў, қадаў. Омыраўына төрт орденди қатарластырып тағыпты. Көрдиңиз бе, ақ бата кийген келиншек пенен, көксине гүл таққан жигитти (М.Нызанов). Он бес-он алты жаслар шамасындағы, келте көйлек кийген, шашының ушына бантик таққан сары сынлы қыз подноста шай халқас әкелип, мрамор столдың үстине қойды (М.Нызанов). Жаман ат тағылыў — жала жабылыў, сөзге қалыў. Гүна тағыў — айыплаў, гүналаў. Муз бенен ығып кеткен аў да салақлыққан болған деген гүна тағылды (М.Абдреймов).