ТАЯҚЛАЎ
Қарақалпақша
ф. Урыў, сабаў, жазалаў.
Еки жас қосыламан десе — жағын сындырды, Қосылмайман десе — таяқлап көндирди (К.Султанов).
Ҳаял буннан жигирма жыл бурын үйине жылап-еңиреп қайтып барғанда таяқлап қуўып шыққан өгей әкесин таныған еди (М.Нызанов).