ТАЯНЫЎ
Қарақалпақша
ф. Сүйениў.
Онда басқа ғаррылардай ҳаса таяныў, бел бүгиў деген жоқ (А.Бекимбетов).
Жоқ, жоқ, балам, әкең саған ат қылып ойна деп таяқ әкелип береди, сен әкеңе таянып жүр деп таяқ әкелип берерсең (Т.Қайыпбергенов).
0 Жер таянып қалыў — аўыр қайғыға, үлкен шығынға ушыраў.