ТАХТ
Қарақалпақша
ат. Патша, ханлардың салтанат мәхәлинде арнаўлы қабыл етип отыратуғын орны, ҳәкимликке ийелик белгиси, тахт.
Патшаның алтын тахтын, Қалдырмай бәрин бузады («Қырқ қыз»).
Қуўып салды қолмақты, Алтын тағын қулатты («Ер Зийўар»).
Мухаммед Әмин инақтың ақ көкиреклик пенен маған айтқан сырын қудай қуўатласа, хан тахтына шығады (Т.Қайыпбергенов).
Басына тажы, үстине ғайры нағышлы, зерли жипек шапанларды кат-қат етип кийген жас жигит алтын гүмис пенен аралас қуйған тахттың үстинде қуўыршақғай болып отыр екен (К.Султанов).