ТАТЫЎЛАСЫЎ
Қарақалпақша
ф. Жарасыў, маўаса болыў, қайтадан жақынласыў, досласыў.
Жумагүл өзиниң күйеўи менен бурынғыдан да татыўласты (Ө.Айжанов).
Халайықлар, ойлап қара, Татыўласар кем-кем ара (Әжинияз).
Орыс князьлери менен татыўласып, биринин жаўы екиншисине жаў, бириниң досы екиншисине дос болып биригип кетеди (Т.Қайыпбергенов).