⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТАРҚАЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Дағыў, ыдыраў, бөлинип-бөлинип хәр тәрепке тарап кетиў. Орыс әскерлери келген соң, хан нөкерлери тарқап кетти (Қ.Ирманов). 2. аўыс. Қайғы, уўайым қусаған сезимлерден арылыў. Қумары тарқаў — кеўили жай табыў, рәхәтлениў. Сүйсинсин кулағым, тарқасын қумарым (Абай). Барлығы да талпынып иске, тарқаўға таяр қумары (Т.Сейтжанов). Базары тарқаў — заманы өтиў, дәўраны өтип кетиў. Шери тарқаў — кеўили жай табыў, рәхәтлениў. Жол жүрип шери тарқап, Айдосты қуўа берди (Бердақ).