ТАРЫСЫЎ
Қарақалпақша
ф. Айтысыў, тартысыў, таласыў, ежесиў, ерегисиў.
Ешейинде бириниң гәпин бири териске шығарып, кегирдеги қызарғанша тарысатуғын руў кәтқудалары «қайсымыз жасаўылға жағынар екенбиз» дегендей өлшеўли сөйлеп, сыпайы мийзам көрсетип, танаўлары елп-елп етеди (К.Султанов).
Орынсыз жерде тарыспа Ретинде сөйле, балам (Бердақ).
0 Абырайға тарысыў — жетискенликке ерисиў.
Теңиздей кең пейилине таныспай, Мәпимиз тең абырайға тарысқан (К.Султанов).
Табан жолға тарысыў — алға умтылыў, ҳәрекет етиў, жарысыў.
Абырай ушын табан жолға тарысқан, Теңлик ушын душпан менен алысқан (Қ.Ирманов).