⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТАРЫ

Қарақалпақша

ат. 1. Егистиң ең ақырында егилетин дәнди дақыллардың бир түри. Кимниң тарысы писсе, соның таўығы (қ.х.н.). Шымшықтан қорққан тары екпейди (қ.х.н.). 2. Сөк болатын дән. Жер аўдарса, тағы бир заң шығарса, бизден қалып бир қап тары ишерсиң (И.Юсупов). Соқыр таўыққа бәри тары (қ.х.н.). Там басына тары жайдым, кепсин деп, мен жар-ыма хат жаздым келсин деп (қ.х.с.ж.). Сонда Шамуннабийдиң әйели күйеўиниң аяғының астына тары шашады (М.Нызанов). Шамуннабий тарыға таяп, оң аяғын тизеден бүгилуге мәжбүр болады (М.Нызанов). 0 Тары көже — тарыдан писирилген тамақ, ас, ас. Тарысы пискенниң таўығы болу — турақсыз, жарамсақ, қуяңқыштық ету.