⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТАРТЫМ

Қарақалпақша

кел. Шалым, орам. Мен басыма тартып қойған бир тартым орамалымды шештим (Ж.Аймурзаев). Гүлпаршын жеңге бир тартым орамалды ушына түйилген теңгесимен молдаға усынды. 0 Тартым жалғаў — лингв. Бир нәрсени биреўге меншиктеў үшин сөз аяғына жалғанатын жалғаў. Бир тартым бидай — көпшиликтиң беттеме шамасындағы бир писиримдик бидай. Бир тартым темеки — бир шегуге жететин темеки.