⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТАРТЫЛУ

Қарақалпақша

ет. 1. Жулыну, алыну. Судың қурып қалўы, азаюы. Жүз жап, мың салмақтан қағып ағарсаң, Сонда да тартылмас сўын, Кеңейли (И.Юсупов). Атам еки атыз жүйегиниң ортасындағы жўан шелексуўтартылғаннан кейин мениң бой өсериме келтирип дүмпешек үйледи (М.Нызанов). 2. Қысқару, келтеру. Қайыпназар дәригердиң шеберлиги, оқыптылығы болмағанда күйген қолы тартылып қала жаздаған еди (Ж.Аймурзаев). Оның нерв жүйкелери тартылған, көпшилик алдында өзин тута алмайтын дәрежеге келген еди (М.Нызанов).