ТАРАЎ II
Қарақалпақша
ф. 1. Шаш, сакал, мурт ҳәм сол сыяқлы затларды тарақ пенен жазып бөлиў, тәртипке салыў, түтиў.
Батыр туўған Хасен хан, Тулпардың жалын тарайды («Ер Зийўар»).
Ауқаттан кейин ийилип табақ аламан, пәтияға қол жаяман, қолына суў қуяман, тәрбиялайман, кир-қоңын жуўаман, жуўып тарайман, басын қарайман (М.Нызанов).
Бир жағында қыз-келиншеклер таранып, әткөнш екте бир беткейлеў тур (К.Султанов).
2. Жәнжакқа кетиў, дағыў, тарап кетиў.
Жеген нәрсесиниң бәри етине тарала бергенде қайда (М.Нызанов).
Енди сизлер де үйли-үйиңизге тараса қойың! — деди (К.Султанов).
3. Ен жайыў, кеңнен орын алыў.
4. Хабарланыў, еситилиў, белгили болыў.
Бул хабар көзди ашып жумғанша, «Алғабас»қа тарап кетти (Ө.Айжанов).
Усы әулийении кәраматы ҳакқында былтырдан бери бир хабар таралып кетти (К.Султанов).