⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТАР I

Қарақалпақша

кел. 1. Кең емес, киши, көлемсиз. Бизлер салманың тар жеринен өттик. Көшемиз тар дейди, еки машын қабатласып өте алмайды дейди, асфальт жүргизилмегенине қырқ жыл болды, деп ядына түскен сәнени жазып қойыпты (М.Нызанов). 2. аўыс. Қыйын, аўыр жағдай, қысыныспалы мәҳәл. Атты бақсаң ардақлап, тайға бермес тар жерде (ққ.х.н.). 0 Иши тар — күншил, қызғаншақ. Иши тар адамға даўа жоқ (Интернет мағлыўматлары). Териси тар — шурт минез. Минези тар — қызғаншақ. Қолы тар — сараң, сықмар. Пейли тардың қолы тар (кқ.х.н.). Тарлық ислеў — қызғаныў.