ТАМЫР
Қарақалпақша
ат. 1. Өсимликлердиң түбири, жерден азық алатуғын негизи.
Терең тамыр урған саўлатлы шынар, Балта тийсе бирден жапырақ төгер (И.Юсупов).
2. Адам яки хайўанатлар денесинде қан яки лимфа ағатуғын най тәризли ағза.
Қан жүретуғын жумыр билегинен таралған тамырлары, әдеўир-ақ билинип турады (Ж.Аймурзаев).
Кеселдиң тамырын услап көрди (А.Бекимбетов).
Қасында еки доктор болғаннан кейин, олардың да саў ўақгында айтысатуғыны кеселлик қәм оның дәслепки белгилери қаққында болған соң мен де өзимнин тамырымды услап көрип, пульсимди санап билетуғын болдым (М.Нызанов).
3. аўыс. Яр-дос, жақын-жуўық, кеўил жақын.
Бизге де өте жақын тамыр болсаң, Қашық емес аўылым барып қонсаң (Әжинияз).
Төркини менен тамырды, Бир қатар бәрин шақырды (А.Дабылов).
Республикаңыздағы бирден-бир институт Шевченконың атына қойылған екен, усы нәрселердиң бәри туўысқанлық тамырындай мени бул үлкеге баслап келген еди.
Қандай болғанда да әкенди жеккесиретпе, сениң тамырыңда оның қаны ағып турыпты, — дедим (М.Нызанов).
4. аўыс. Бир нәрсениң шықкан, басланған жери.
0 Тамыр услаў — а) тамыр аркалы аўырыўды табыў, аўырыўдың аўҳалын байқаў.
Айсәнем аттан түсип, Гүлсәнемниң тамырын услады (Ж.Аймурзаев).
б) сынаў, байкаў, ойын билмекши болыў.
Тамыр урыў — а) өсиў, өрбиў, таралыў, өркенлеў.
Таўға өрмелей өсип турған қарағай, Тамыр урған тарғылланған тасына (Х.Сейтов).
Турды алдымда минези аўыр баладай, Жерге берик тамыр урған қарағай (Г.Есемуратов).
б) тамыры жүриў, тамыры соғыў.
Тамырынан қуртыў — жоқ қылыў, биротала кайтып көрместей ямаса ислеместей етиў.
Тамыр болыў — досласыў, татысыў.
Тамыр жайыў — өсиў өрбиў, раўажланыў.
Тамыр жаңалаў — тамыр-таныс болыў.
Тамырына балта урыў — жоқ қылыў, қуртыў.
Тамырын басыў — ойын билмекши болыў.
Тамырын кесиў — жоқ қылыў, өлтириў.
Тамырын табыў — сырын билиў.
Шеке тамыры солқылдаў — басы аўырыў.
Ахмедиярдың жүреги лүп-лүп соғып, өзинен-өзи демигип, шеке тамыры солқылдап, каны басына шапшыйды (Ө.Канахин).