ТАМЫЗЫЎ
Қарақалпақша
ф. Суйық затты тамшылатып қуйыў, сорғалатыў, ағызыў.
Улбосын набаттың суўын Турымбеттиң аўзына тамызды (Н.Дәўкараев).
Көзиниң жасын тамызып, Ырза болды, жылады (Бердақ).
— Усыннан үш-төрт тамшы дәрини бир уртлам суўға тамызып, үш мезгил ишесең, — деди дәриханадағы қыз (М.Нызанов).
0 Майын тамызып айтыў — сөзди кәмине келтирип, тартымды етип сөйлэў.
Ертеңине Жоллыбайға оқыған әңғимелериниң ўақыясын биринен соң бирин майын тамызып айтып бердим (Б.Сокпақбаев).