⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТАМСАНЫЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Тамақтың дәмин татыўға бейимлениў, таткандай болып сезиниў. Отыр екен төринде, Тамақ ишип тамсанып, Өзи байдың баласы («Мәспатша»). 2. аўыс. Танланыў, танырқаў, аўзыңның суўы қурыў. Караматдин тамсанып қойды (Ж.Аймурзаев). Жол бойында малдас қурынып нан жеп отырған үш адамды көрип, Ақбийдай тамсанды, ерине сыбырлады (Т.Қайыпбергенов). Бәри тамсанысып, жаңа қонысты, бул жердиң балығын, сорпаны пал қылып писирген Бегдулланын ҳаялын кайта-қайта мақтап, аўызбирлик пенен терлеп-тепшип аўқатланды (Т.Қайыпберғенов).