ТАЛҚЫ
Қарақалпақша
ат. I.
Дәм.
Адам уғлы сыпатта түрли-түрли қулқы бар, Суўда сондай гайы ашшы, гайы душшы талқы бар (С.Мәжитов).
2. аўыс. Тексериў, сынаў, додалаў, гезге салыў.
Халыққа басшы болыў — бәри олардың талқысында болыў (Т.Қайыпбергенов).
0 Талқыға түсиў — тексериўге салыныў, додаланыў.
Институтқа қайтып келгеннен кейин бизиң жаўынгер листегимиз талқыға түсти (Т.Қайыпбергенов).