ТАЛТАҢЛАЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Аяқтың арасын кең ашып талтаңлап жүриў.
— Бар, атланыңлар, бий намысы, урыў намысы, — деп хан келте бақайларын талтаңлатыўы менен, қуўанысып атырған ябылар топ арына қарай жүрип кетти (Т.Қайыпбергенов).
2. аўыс. Мардыйыў, ғоддаслаў, еркинсиў.
Бизлердиң жуўаслығымыздан пайдаланып олардың талтаңлап кеткени ырас (С.Бердиқулов).