⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТАЛАП

Қарақалпақша

ат. 1. Жумыс, кәсип, бир истти ислеўге умтылыўшылық. Алланазардың атасы Әллек қол ушы талап излеп кеткен еди (Қ.Ирманов). Сөзимниң үстинен шығыўым ушын жумыстан келиўден талабым кийим танлаў болды (М.Нызанов). 2. Тилек, мақсет. Районның алдына үлкен талаплар қойдық (Ж.Аймурзаев). Өмирдиң өз заманына ылайық талабы болады (Ж.Аймурзаев). 0 Талап етиў — тилек билдириў, умтылыў. Сениң кеўлиң, қай нәрсеге шад болса, орынлаўға талап етермен енди (А.Дабылов). Боламан деп космонавт — Азат талап етеди (Ш.Мәмбетмуратов). Буны мәмлекет талап етип атырған жоқ (М.Нызанов). Талабы келиспеў — иси табыслы болмаў, бахытсызлық. Бизиң талап келиспеди, Қанша ғайрат салсам да (Күнхожа). Талабы оңына баспаў — иси жүриспеў. Быйыл да оның талабы онына баспады (У.Ҳәмийдов). Талабы оралыў — иси жүрисиў. Әне талап соннан баслап оралыўға қарады (Ш.Сейтов). Талап қойыў — миннет жүклеў, жуўапкершилик артыў. Олар кадр танлаўда катаң талап қойды. Талабына нур жаўыў — иси оңынан келиў, иси жүрисиў.