⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТАЙСАЛАҚЛАЎ

Қарақалпақша

ф. Жалтақлаў, қаймығыў, жасқаныў. Шайыршылықта тайсалақлаў болмайды (С.Нурымбетов). Жарадар еткен ийемди, Бахадыр қыз сен бе деп, тайсалақлап нашардан, қашатуғын мен бе деп («Ер Зийўар»). Оксананың қолындағы ийис қалай тайсалақласақ та бизди кутқармас еди (М.Нызанов).