ТАЗА
Қарақалпақша
кел. 1. Кирсиз, кири жоқ.
Таза жуўылып өрилген шаш бир тартар жипек орамалдан шығып бөксеге түсип тур (Ж.Аймурзаев).
Ортаға барғаннан кейин үйилип турған палаўды жайып-жайып жиберип, және тазадан жол салды (М.Нызанов).
Кеште шешкен көйлегимди азанда кийгизбейди, таза, утюг басылғанын тутып турады (М.Нызанов).
2. аўыс. Нағыз ҳақыйқат, шын, ҳеш қандай қосындысы жоқ.
...Таза ҳақ пейил балалар жасаўылларды урып қаш қаны найтып берди (К.Султанов).
Таза ҳаўа — бузылмаған салқын жағымлы самал.
Дени таза — анаў-мынаў менен иси жоқ, өз бетинше дурыс жүретуғын киси.