⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТАБЫЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Жоғалған затқа жолығыў. Оны күтпеген жерден бир танысы табыла кетип, оны районға алып кетти (Ө.Айжанов). Сөз жүйесин тапса, мал ийесин табады (ққ.х.н.). Қарақумда суў табыў, елге жетиў аңсат емес еди (Т.Қайыпбергенов). Ҳасылдың тастан, ақылдың жастан шығатуғының өзи айтып, әзиз ханымыз, жас жигитлерди сынап, ертеңги ел ағасын излеп табыўға мәсләҳәт берди (Т.Қайыпбергенов). 2. Мийнет хақы алыў, кирис, табыс киргизиў. Табыс шеп болған жоқ, ең әўеле үйиниң кемис кетигин толтырды (Ө.Айжанов). 3. Излеў, қарастырыў. Ойлап табыў — бир жаңалық ашыў. Ойлап табыўшы — Өзбекстанның ойлап табыўшы ҳаяллары орайы тәрепинен «Өзбекстан хаялларының 100 ең жақсы инновациялық жойбары» I II республикалық танлаўының жуўмақлаўшы басқышы өткерилмекте (Н.Усманова). Мақул деп табыў — қосылыў, хошкөриў. Тилин табыў — тетигин, сырын, әдисин билиў. Қаза табыў — өлиў, қайтыс болыў, жан бериў. Ақыл табыў — бир истиң дурыс шешилиў усылын билиў, қыйыншылықтан қутылыў. Таўып айтыў — орынлы дурыс сөйлеў. Мал табыў — пайда келтириў, мийнет хақы алыў. Теңин табыў — өзине қолай жубай табыў. Бабын табыў — қәлеген тилегин орынлаў.