ТАБАҚЛАС
Қарақалпақша
кел. 1. Дуз-дәмлес болып, өз ара қарым-қатнаста болған кисилер.
Заманында табақлас болып, Қулымбег пенен қол жуўысқан (К.Султанов).
2. Аўқатты бир табақтан жеў.
Аўыл елди аралап жүрип талай адамлар менен жолдас ҳәм табақлас болсақ (Ө.Хожаниязов).
Балам, оның менен талай табақлас болып, талай ашшы-душшыны татысқанбыз (Т.Қайыпбергенов).