ТАЎЛАНЫЎ
Қарақалпақша
таўлаў фейилиниң өзлик дәрежеси.
«Неге аў таўланып қалды!» — деп Жәмийла қайран болды (К.Султанов).
Маман гөне торға түскен арысландай ыңырсый таўланып, үстиндеги хаяллар шынжырын серпип таслап тикейди (Т.Қайыпбергенов).
Қуйын хақыйқатында да таўланып-таўланып барып, Сағынбайдың үйиниң дийўалына урылды хәм сол жердеги патты-саттыны қосып алып, аспанға көтерилди (М.Нызанов).