ТАЎДАЙ
Қарақалпақша
кел. 1. Үлкен, зор, ири.
Усы күнге еки аралықтағы куры жерлер сол ўаклары толқыны таўдай болған жерлердиң асты екен (Қ.Ирманов).
Көптен бери шабалмай жабығып жүрген шабарман да бий ағасынан таўдай мәртебе алған соң хәм сары жорғаның белине минген соң қолына ханның жарлығы тийген кисидей курысланып шапты (К.Султанов).
2. Таў сыяқлы, тақылетли, таўға усаған, мегзес.
Алдыңғы шанада таўдай үйип тийеген жылым тордың үстинде қара алтын дизгинин ўелап киятырған усы Сағыйдулла еди (К.Султанов).