ТАЎАП
Қарақалпақша
таўап етиў ф. 1. Диний орынға ямаса белгили диний ўәкилге барып түнеў, табыныў.
Ҳәрбир жерде жәрдем бергенмен саған, Аттан түсип, таўап ете бер маған («Мәспатша»).
2. аўыс. Тәжим етиў, бас ийиў, қәдирлеў.
Сениң ушын тәнде жаным кәбапты, Асықпайын көп етейин таўапты («Қырқ қыз»).
Мақгымқулыны оқығанда, Сөзди таўап етер едим (Бердақ).