СӨКИТ
Қарақалпақша
ат. Тораңғылға усаған, үлкен тарбайып өсетуғын мәдений ағаш, терек, ақтал.
Кулақ сал яранлар пәмли үгитке, Мийўе питпес қара талға, сөкитке (Әжинияз).
Ғаррылық мийзанының қыраўы шалған, Шашыңызға қарап ойға таламан, Үш түп ақ сөкиттиң астында қалған, Кишкене ақ жайға кирип бараман (И.Юсупов).
Пақсаның сыртында кишкене қол салма болып, оның жағасына егилген ақ сөкитлер қараўсызлықтан ҳәм суўсызлықтан шақалары тарбайып, жапырақлары куўарып, куўраў халына келип турған екен (М.Нызанов).