⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СӨЙТИЎ

Қарақалпақша

ф. Сондай ислеў, сондай болыў. Ондай болса, сөйт шырағым (К.Султанов). Өрдегилер дәрьяларды сатажақ, Сөйтип тегин мол пайдаға батажақ, Қулыплап алып ғәзийнесин қудайдың, Ышқырына гилтин байлап жатажақ (И.Юсупов). — Жамалов, — деди ол тәкирарлап, сөйтип бетиме тикленип турды да, бир нәрселерди үнсиз жаза берди (Т.Қайыпбергенов). — Әдебинде мен-әм сөйтип ойлап едим, кейин билсем, Түйемойыннан ийтбалықлар ағып келеди де, трубаның ишинде үлкейе береди екен (М.Нызанов).