СӨЙЛЕЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Ой-пикирди сөз бенен билдириў, хабарлаў.
Еки аўыз сөзден артық сөйлеўге көкирегин баса алмады (К.Султанов).
Түс мезгилинде, ябы урыўының жақын-жуўықгағы гүллән ерлери, сол Избасар баҳадырлар байланған арбаның қасына жәм болып, сөйлеў нәўбети келгенде де, Маман ашыўынан ажыралмаған еди (Т.Қайыпбергенов).
Мен уйқыда жатырсам да өксиктен көкирегим тығылып, тилим сөйлеўге келмеди (М.Нызанов).
2. аўыс. Урысыў, кейиниў, кейиў.
Ат үстинде зәңгиге ширенип қатты-қатты сөйледи (Т.Қайыпбергенов).