⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СӨЗ

Қарақалпақша

ат. Белгили бир сеслик дүзилиске ийе болған, затлар, ўақыялар, процесстер, адамлар, белги ҳәм муғдарды, өзгешеликлерди, ҳәрекет ҳәм ҳалатты, қатнасты билдириў ушын хызмет ететуғын, лексикалық мәниге ийе болған, түрли грамматикалық мәни ҳәм ўазыйпаларда қолланылатуғын ең әхмийетли тил бирлиги, гәп бөлеги. Сөзим зая болды талай гереңге, Ҳақыйқат дос бүгин өзин билдирди (А.Дабылов). Оннан соң Мәтеке ғарры түсинсин дегендей русша сөзлерди қарақалпақшаға аўдарып айтты (К.Султанов). Периштемен дегенлериң, Көрдим ҳарам жегенлерин, Менсиз жүрмес хәмеллериң, Не пайда бар жалған сөзден? (И.Юсупов). Енди оларды «бай» демейди, еркелетип, бүгинги күнниң сөзи менен «олигарх» деп атайды (М.Нызанов). 0 Жаман сөз — иплас, пассық. Жеңи жаманның қолы жаман, Аўзы жаманның сөзи жаман (КҚ.Х.Н.). Өтирик сөз — жалған, надурыс. Өтирик сөз жанға кас, Өткир пышақ қынға қас (ққ.х.н.). Ўарсақы сөз — тәсирсиз, мәниссиз сөз. Маратшылар оның жупкер айтқан ўарсақы сөзлерин басы қуралған жерде әңгиме етеди (К.Султанов). Сөз салыў — айттырыў, сөйлесип келисиў. Өзиңнен пәске жүз салма, Нәмәхремлерге сөз салма, Киси ярына көз салма, Өз ярыннан қаладурсаң (Бердақ). Қутжанның қызына сөз салды (Ө.Айжанов). Бурынлары сөз салыўға қол жетпес төбе көрип жүрген Сәлийманың мақул сөзин еситип, ақ пейил жигит шүйинши сораў ушын келген еди (К.Султанов).