СӨГИЎ II
Қарақалпақша
ф. Тигисин таратыў, сөтиў, бөлеклеў, жыртыў, айырыў.
Еки мәрттиң саўыты, тозған тондай сөгилди («Ер Зийўар»).
Биреў уўық сөгип атырған, биреў ший шыйратып атырған (Ш.Сейтов).
аўыс. Қыйналыў, дәрт шегиў.
Күни-түни азап шегип, Көзлериңнен жасты төгип, Қабырғаңды қайғы сөгип, Әрман менен жүрсең келин (Бердақ).